• Предмет: Қазақ тiлi
  • Автор: dorofeevan845
  • Вопрос задан 1 год назад

Ормамбет би туралы деректер (көмек керек)​


Аноним: точно Ормамбатпе Майқы би емеспе мен прикол ұстап тұрған жоқпын

Ответы

Ответ дал: kuzmalikaamalikaa321
19

Ответ:

ОРМАМБЕТ БИЙДИҢ ТОЛҒАУЫ

                      (  XVl -XVlll əсирдеги қарақалпақлар)

 Қарақалпақ жырауларының ишинде Ормамбет бийдиң толғауын жырламаған жырау болмаған. Бунда сыртқы жаудың қысқысына шыдамай елдиң бүлгиншиликке ушырағаны тууралы сөз етиледи. Бул толғау қарақалпақ халықының ауыз əдебийатында неше əсирлерден бери халық ауызында умытылмастан жырланып кийатыр.

  XVl əсирдиң ақырында қалмақ басқыншыларының қысқысына шыдамай қарақалпақлар Едил,Жайық дəрьяларының бойларынан (Жана дарьяға) Түркистанға көшип посқан. Усы тарыйхый уақыя Орманбет бийдиң толғауында жырланады. Жыраулардың қобыз намасында 《Ормамбеттиң толғауы》деген нама да бар. Н.Дəуқараев Ормамбетбий толғауындағы тағы басқа көп ғана қарақалпақ дəстанларындағы 《ноғайлы 》деген атама тууралы былай деп жазады:

        《Алтын Орда ханлығы қулағанан кейин 》 көп қабиле урыулар өз-ара ауқам жасаған. Бул ауқамның аты 《ноғайлы》болып аталған. Сол дəуирде хазирги қарақалпақлардың ата-бабалары ноғайлылардың сиясый урыу бирлеспелериниң қатарында болғаны мəлим. Сол уақытта 《ноғайлы 》деген сөз урыулардың барлық ауқамының жалпы аты болған 》

   Қарақалпақ жырауларының жырлайтуғын Ормамбет бий толғауы ханы Ормамбет бий өлгеннен кейин ноғайлы ауқамының тарап,бас-басына көшиуи жөниндеги тарыйхый уақыяларды сөз етеди. Ноғайлы сөзи қарақалпақ дəстанларының биразында 《Ноғайдың толы журтында》《Аз ноғайлы елинде》болып басланады.

     Жəне ноғайлы ауқамының пытырауы,қалмақ басқыншыларының ноғайларға топылғаны хаққында В.М.Жирмунский:

       《XVll əсирдиң басында қалмақлардың топылыуы күшейди. Қалмақлар Волга дəрьясының аяғына шекем топылып келди. Жайық пенен Волганың арасында ноғайлардың жайлауын басып алды. Сол жердеги көшпели ноғайлардың биразын өзине бағындырды. Үлкен ноғайлар ордасының пүткиллей қулауында бул уақыя шешиуши роль тутты. XVlll əсирдиң басында қазақларға атланыс басланды》

  Профессор Иванов қарақалпақлардың XVl-XVlll əсирлерде ноғайлар менен теретория тəрепинен жақын болып ,соңынан ноғайлы ауқамына киргени тууралы жазады. XVl əсирдиң ақырында Орта Азияда усы 《қарақалпақ》деп аталған халықтың пайда болғанын айта келип ,қалмақлардың топылысы нəтийжесинде Хийуа ,Ургенч тəрепке көшкен ноғайлар бирлеспелериниң бир топар кəуимлери усы хəзирги қарақалпақлар болыуы керек деген пикирди айтады.

 Ноғайлар хəм оның ханы (мырзасы) Ормамбет хаққында қарақалпақтың тарыйхы менен этнографиясын коп изертлеген илимпаз Т.А.Жданко:

      《Ноғайлар мырзасы Орыс бий хəм Ормамбет хəрекетлери XVl əсирдиң екинши ярымына жатады. Ноғайлар мырзасы Ормамбеттиң аты усы дəуирдеги XVl əсирдиң ақыры рус документлеринде ушырасады.1874-жылы Əмударья экспедициясына қатнасқан  Л.Соболевке Шымбайға жақын жерде турыушы қарақалпақ бийи Ережеп қарақалпақлардың бурын ноғайлы болып аталғаны тууралы мағлыуматларды сойлеп берди》-дейди.

 《 Ормамбет бий толғауы》былай басланады.

Артыу-артыу. таулардан,

Аса көшти көп ноғай,

Едил менен Жайықтан,

Жабыла көшти көп ноғай,

Орма бет бий өлгенде,

Он сан ноғай бүлгенде.

Ормамбеттей бийлерден,

Ул қалмады қыз қалды,  

Алғыр қустың пəнжеси,

Үш қызының генжеси,

Сарыша сулыу дер еди.

Объяснение:

Вас заинтересует